O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, депутатлар, электорат ўәкиллери ҳәм партия белсендилери тәрепинен “Мийрим-шәпәәт көрсетиў” акциясы шөлкемлестирилди.
– Мен суўықтан қыйналып атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның жағдайын терең тәшўиш ҳәм азап пенен жүрегимнен өткерип атырман, – деген еди Президентимиз усы жылдың 16-январь күни халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде. Усы күнлери республикамыздағы қолайсыз ҳаўа-райына қарамастан ел хызметинде жүрген тараў ўәкиллериниң тынымсыз мийнети ҳәр қандай мақтаўға турарлық.
Акция даўамында айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыўда өзлериниң хызмет ўазыйпасын минсиз атқарып атырған абаданластырыў басқармасы, жол-патрул хызмети хызметкерлери, түрли тараўлардың ўәкиллерине, халыққа ыссы кофе тарқатылмақта. Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң депутаты Сейтмамат Алимов та социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, майыплығы болған шаңарақларға пуқаралар жыйынында аўқат тарқатылды. Усындай сынаўлы күнлерде халқымыз миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизди мүнәсип даўам еттирип, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм кеңпейилликти улығлағын ҳалда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда аўызбиршилик үлгисин көрсетпекте.
Партия белсендилери өзлериниң усындай ҳәрекетлери менен ҳәр қандай шараяттада ел тәшўишин өз тәшўиши деп билетуғын инсанларға жәрдемге ҳәмийше таяр екенлигин әмелде тастыйықламақта. Бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги