Усы жылдың 16-январь күни халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз дийқан базарларында шараятларды жақсылап, өнимлердиң зыянсыз сақланыўы ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў де әҳмийетли екенлигин атап өткен еди.
Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен Жаңа жыл байрамы алдынан қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген арзанластырылған саўда ярмаркалары бүгинги күни де даўам етпекте. Бул болса дийқан базарларында халықты азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў менен бирге оларды арзанластырылған баҳада сатып алыўына имканият жаратпақта.
Ярмаркаларда өнимлерди үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде тәмийнатшы кәрханалар, агрофирмалар ҳәм фермер хожалықлары жуўапкер етип белгиленди. Бундай басламалар халыққа арзан ҳәм сапалы өнимлер жеткерип бериў менен бирге, баҳалардың жасалма және тийкарсыз көтерилип кетиўиниң алдын алыўға хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги