Шымбай районы Қорғаныў ислери бөлиминде 14-январ –Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен «Әскер аналары ардақланады» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Оған Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими хызметкерлери ҳәм бүгинги күни өзиниң Ўатан алдындағы әдиўли хызметин өтеп атырған әскерлердиң аналары қатнасты.
Илажда районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы З.Гаипов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими баслығы Р.Бабаназаровлар әскер аналарын байрам менен қутлықлап, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған «Алғыснамалар» ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Ушырасыў даўамында районлық сәрдарлар Кеңеси тәрепинен қатнасыўшыларға «Шон-Шараф» ленталары тағылып, миннетдаршылық билдирилди.
-Баламыз Абдиғаний Қосекеев бүгинги күни Қаршы қаласында өзиниң әскерий хызметин өтеп атыр,-дейди бизге илаж қатнасыўшыларының бири Сәнемхан Ибрагимова.- Балаңыздың ислеген хызмети ушын аналарға жақсы сөз айтып, сыйлықлаў биз аналарға шексиз қуўаныш бағышлайды. Ушырасыўда бизлерге көрсетип атырған сый-ҳүрмети ушын шөлкемлестириўшилерге рахмет айтып, ҳәмме жигитлерди 14-январь-Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен және бир мәрте қутлықлаймыз. Илайым аспанымыз ашық, елимиз тыныш болсын!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы