Түрткүл педагогика колледжинде Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, район ҳәкимлиги ҳәм районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы басламасы менен «Бос жумыс орынлары ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Оған райондағы мәкеме, шөлкем, кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлери өзлеринде бар бос жумыс орынларын пуқараларға усынды.
Ярмарка жуўмағында 41 жумыссыз пуқараға жумысқа кириў ушын жолламалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы