Республикамызда кең түрде әмелге асырылып атырған «Меҳир ҳәрекети» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен де бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, республикамыз бойынша социаллық қорғаўға мүтәж хожалықлар ҳәм адамлардың дизимлери қәлиплестирилип, усы тийкарда пуқараларға руўхый ҳәм материаллық жәрдемлер көрсетилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Т.Абдижаббаров Нөкис районы Ақмаңғыт посёлкалық пуқаралар жыйынында жайласқан Нөкис районы социаллық-медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлимине қараслы кекселер үйине барып, ол жердиң турмысы менен жақыннан танысты.

Кекселер үйинде жасап атырған пуқаралардың ҳал-жағдайын сорап, оларға жәрдем сыпатында 300 мыӊ сумнан ақша берилди.

Өз гезегинде өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлығы ушын олар министрлик ҳәм Нөкис районы ҳәкимлиги басшыларына терең миннетдаршылықларын билдирди.


Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта бул кекселер үйинде 17 пуқара жасап, турмыс кеширмекте.

 

Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы