Бозатаў районындағы Көксуў аўыл пуқаралар жыйыны район орайына ең узақта жайласқан тәбийғый газ жетип барыўы қыйын елат болып есапланады.

Сонлықтан аймақ турғынлары үйлерин отын менен ысытып, аўқат писириўде суйылттырылған газ баллонлардан пайдаланып келмекте.

Бозатаў районы прокуратурасы хызметкерлери аймақ халқының қыс мәўсиминдеги турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде усы елатта болып, аўыл пуқаралары менен ушырасты.

Ушырасыў барысында аймақ халқының суйылттырылган газ баллонларға болған талабы барлығы анықланып, газ тәмийнаты басшыларына халықты  жеткиликли муғдардағы газ баллонлар менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.


Буннан тысқары аймақ орайындағы 4 шаңараққа ишимлик суў тармағы тартылмағаны анықланып, оларға қәўендер шөлкемлер тәрепинен суў қубырлары тартып берилетуғын болды.

Сондай-ақ, усы күни районлық прокуратура жәрдеминде социаллық қорғаўға мүтәж 12 шаңарақ азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек ҳәм қысқы отын менен тәмийинленди.



Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы