Қыстың суўық күнлеринде әскерий тараў ўәкиллери де «Саўаплы ис» акциясы шеңберинде пуқараларға жәрдем қолларын созып, ийгиликли ислерге өз үлесин қоспақта. Атап айтқанда, Нөкис қаласында әскерий дала асханалары шөлкемлестирилип, ыссы чай ҳәм палаў бермекте.



– Түсте азық-аўқат дүканына киятырып, әскерий кийимдеги жигитлердиң адамларға ыссы чай, аўқат берип, сыйлап атырғанының үстинен шықтым, -дейди «Шымбай гүзары» МПЖ да жасаўшы У.Худайбергенова. – Ыссы чай ишип тоңып қалғанымды да умыттым. Бундай илажлардың көп мәрте гүўасы болып атырман. Мысалы, Орайлық дийқан базарының автомобильлер турар орнында жеке исбилерменлер жеңил машиналарында пуқаралардың үйине шекем жетип алыўына жәрдем бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги