17-январь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сингапурға мәмлекетлик сапары шеңберинде жоқары дәрежедеги илажлар – усы мәмлекет Президенти Ҳалима Яқуб ҳәм Бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиўлер болып өтти.

Өзбекстан-Сингапур саммитинен алдын Сингапур Президентиниң «Истана» сарайында Ш.Мирзиёевти күтип алыў мәресими болды.

Сарай алдындағы майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Сингапур Президенти Ҳалима Яқуб Ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Соң Өзбекстан Президентиниң ҳүрметине Сингапурдың миллий белгиси болған орхидея гүлиниң жаңа сортына атама бериў мәресими болып өтти. Бундай илажлар дәстүрий түрде мәмлекеттиң жоқары мәртебели мийманлары ҳәм белгили ғайраткерлерге жоқары ҳүрмет белгиси сыпатында өткериледи.

Дәстүрге бола, Ш.Мирзиёев гүлдиң жанына жаңа түрдеги орхидеяның аты – «Шавкат Мирзиёев орхидеясы» деп жазылған тахтайшаны жайластырды.

Бул көркем ҳәм жайылып өсиўши гүл Encbi Purple ҳәм Kila Blue орхидеяларының гибриди болып есапланады. Узынлығы 45 сантиметр болған қабат-қабат жапырақлы қосгүллер, олардың ҳәр биринде 17 ден 20 ға шекем гүл пайда етеди, ҳәр бир гүлдиң ени 5 сантиметр әтирапында. Ашық сыярең жапырақлар ҳәм кесе жапырақлардың шети жумсақ көгис рең.

Буннан соң Президентлер еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

Өзбекстан ҳәм Сингапур арасындағы қатнасықларды және де тереңлестириў перспективалары, жәмийетлик-сиясий турмысты демократияластырыў бағдарындағы реформалар бойынша пикир алысылды.

Билимлендириў тараўында жедел бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ташкентте Сингапур менеджментти раўажландырыў институты ҳәм Сингапур технологиялар, менеджемент ҳәм коммуникациялар академиясы табыслы жумыс алып бармақта.

Еки мәмлекеттиң Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азияда регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграцияны кеңейтиў бағдарындағы тәжирийбеси толық көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Сингапур халықаралық майданларда регионаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў мәселелеринде бир-бирин түсиниўи ҳәм бул бағдардағы басламаларды әмелге асырыўға өз-ара жәрдемлесип атырғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Шавкат Мирзиёев Ҳалима Яқубты өзине қолайлы болған ўақытта мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.

Соң «Истана»  резиденциясында Президентимиз Сингапур бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиў өткерди.

Жетекшилер бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын ҳәр тәреплеме көрип шықты, тийкарғы бағдарлардағы байланыслар жедел пәт пенен раўажланып баратырғаны атап өтилди.

Соның ишинде, саўда-экономикалық тараўда сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Кейинги жыллары товар алмасыў еки есеге артты. Өзбекстанда Сингапур капиталының қатнасыўындағы кәрханалар саны 4 есеге көбейди Бул мәмлекеттен елимиз экономикасына тиккелей инвестициялар көлеми 700 миллион долларға жеткен.

Көплеген тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен резервлер бар екенлиги атап өтилди.

Сингапур-Азия-Тыныш океаны регионының экономикалық орайы. Көп жыллардан берли бул мәмлекет электроника, химия санааты, биотехнологиялар, банк тараўы, логистика ҳәм транспорт машина қурылысы сыяқлы әҳмийетли тармақлардағы табысларына сүйенип, жер жүзиндеги ең ири ҳәм раўажланған экономикалардан бири болып келмекте.

Усыларды есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы Сингапур менен жақын келегешектеги бирге ислесиўдиң бес тийкарғы бағдарын көрсетип өтти.

Бириншиси –инсан капиталын раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў ушын жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў. Ли Куан Ю атындағы Мәмлекетлик сиясат мектебиниң қатнасыўында басқарыў, қала қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, санлы трансформация, инновациялар, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында биргеликте мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бағдарламасын әмелге асырыўға келисип алынды. Сондай-ақ, Өзбекстан Мәмлекетлик басқарыў академиясы негизинде Сингапурдың жетекши экспертлерин тартқан ҳалда мәмлекетлик хызметкерлерди интенсив қайта таярлаў бағдарламасы иске қосылады.

Екинши бағдар Сингапурды Өзбекстандағы меншиклестириў процесслерине тартыўға қаратылған. Усы мәниде, сөйлесиўлерде Сингапурдың жетекши компанияларының алдыңғы тәжирийбеси, заманагөй технологиялары ҳәм басқарыў усылларынан пайдаланған ҳалда Өзбекстанның ири кәрханаларын меншиклестириў шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды. Мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм структуралық өзгертиў, соңынан оларды IPOға шығарыў ҳәм сыртқы инвестицияларды тартыў ушын биргеликтеги Инвестиция қорын дүзиў усыныс етилди.

^шинши тийкарғы бағдар сыпатында алдыңғы «жасыл» технологиялар ҳәм санлы шешимлерди тартыў белгиленди. Сингапурдың санластырыў тараўындағы жетискенликлерин енгизиў, сондай-ақ, усы мәмлекеттиң «жасыл» раўажланыў бойынша инновациялары менен технологияларын қолланыў имканиятлары додаланды.

Төртиншиси – қала инфраструктурасы ҳәм коммуникацияларды жетилистириў. Қалаларды режелестириў ҳәм қурылыс, көклемзарластырыў, коммуналлық хожалық тараўларында бирге ислесиў бойынша илажлар келисип алынды. Өзбекстанда инфраструктура ҳәм тармақ жойбарларын әмелге асырыў бойынша биргеликтеги Жойбарластырыў ҳәм инжиниринг орайын шөлкемлестириў бойынша келисим бул бағдардағы биринши қәдем болды.

Бирге ислесиўдиң бесинши бағдары шеңберинде инвестициялар ҳәм өз-ара саўданы кеңейтиў, Сингапурдың жетекши компаниялары менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Устав капиталы 500 миллион доллар болған Өзбекстан-Сингапур инвестиция компаниясын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Алтыншы бағдар сыпатында мәмлекетимиз басшысы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў ҳәм радикализмге қарсы гүресиў бағдарында тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

Ашық ҳәм дослық руўхында болып өткен ушырасыў соңында Шавкат Мирзиёев Ли Сянь Лунды өзлерине қолайлы болған ўақытта мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.

Сөйлесиўлерден соң еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды.

Делегациялар басшылары жанында еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары дәрежесинде Өзбекстан-Сингапур бирге ислесиўин және де кеңейтиўге қаратылған 8 ҳүжжет алмасылды.

Атап айтқанда, билимлендириў, транспорт, денсаўлықты сақлаў, кадрлар, соның ишинде мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер қабыл етилди.

Сондай-ақ, саўда-экономикалық шериклик, еки мәмлекет прокуратуралары арасындағы бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.

Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири болған Сингапур миллий университети жанындағы Ли Куан Ю атындағы Мәмлекетлик сиясат мектебине барды.

Сингапурдың биринши Бас министри ҳәм усы мәмлекет «экономикалық әжайыбаты»ның авторы Ли Куан Ю ҳүрметине аталған мектеп мәмлекетлик сиясат ҳәм халықаралық қатнасықлар тараўында магистратура бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаўға, илимий ҳәм сиясий изертлеўлер өткериўге қәнигелескен.

Қатар жыллар даўамында мектеп жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық рейтинглеринде жетекши орынларды ийелеп келмекте. Бул жерде сырт еллердиң жоқары дәрежедеги лаўазымлы шахсларын оқытыў ушын қысқа мүддетли бағдарламалар да шөлкемлестирилген.

Ҳәммемизге белгили, Сингапур ерискен экономикалық ҳәм социаллық табысларды терең ойланған кадрлар сиясаты, тәжирийбели, жуўапкершиликти сезинген ҳәм ҳадал басшы кадрларды таярлаўға тийкарғы итибар үлкен орын ийелеген. Мәмлекетимиз жетекшиси де өз жумысының басынан-ақ усы мәселелерге айрықша итибар қаратып келеди. Усы мәниде, Сингапурдың мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў тараўындағы тәжирийбесин үйрениў ҳәм қолланыў үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы мектеп жумысы менен толық танысып, оқыў мәкемесиниң администрациясы менен еки тәреплеме бирге ислесиў перспективаларын додалады.

Өзбекстан Президенти жанындағы Өзбекстан Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Ли Куан Ю атындағы Мәмлекетлик сиясат мектеби арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойыў мәресими болды.

Соң Президентимиз Сингапурдың жетекши компания ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажда Сингапур мийнет министри – саўда ҳәм санаат екинши министри Ленг Си Танг, Сингапур бизнес федерациясы баслығы Минг Я Лим, усы мәмлекеттиң Indorama, Meinhardt group, CPG Corporation, Changi Airports, Сингапур менеджементти раўажландырыў институты, TMC Academy, Virtus Health сыяқлы 15 ири компаниясының басшылары қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, оның жаңа 2023-жылдағы дәслепки сапары мине усы Сингапурға болып атырғаны Өзбекстанның усы мәмлекет пенен беккем ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды жолға қойыўға айрықша итибарынан дәрек екенин атап өтти.

Елимиздеги системалы реформалар себепли инвестициялық көлеми ЖИӨниң 30 процентинен артық дәрежеге жетти. 2022-жылдың өзинде Өзбекстан экономикасына 8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды.

Күни кеше болып өткен Өзбекстан – Сингапур бизнес форумының нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: оның шеңберинде улыўма баҳасы дерлик 5 миллиард долларлық жаңа инвестиция, саўда ҳәм финанслық келисимлерге қол қойылды.

– Бул бирге ислесиўимиздиң әдеўир жеделлескенинен, табыслы болып атырғанынан, Өзбекстан – Сингапур қатнасықларының әмелий ҳәм сапалы мазмун менен байығанынан дәрек береди, – деди Президентимиз.

Бирақ шериклик потенциалы еле толық иске қосылмаған. Президент Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, мәмлекетлеримиз еки тәреплеме бирге ислесиўди  және де кеңейте алады.

– Сингапур компанияларының алдыңғы тәжирийбеси бизде үлкен қызығыўшылық оятпақта, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Сингапурлы бирге ислесиўшилердиң инновация ҳәм технологиялары Өзбекстанның ресурслары ҳәм кадрлар потенциалына қосылса, болажақ биргеликтеги жойбарлардың турақлы раўажланыўына исенемен.

Өзбекстан жетекшиси узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын ең перспективалы бағдарларды көрсетип өтти. Сингапур компанияларының Өзбекстандағы меншиклестириў процесслеринде қатнасы, қала ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, химия ҳәм тоқымашылық, «жасыл» экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа бағдарлардағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў солар қатарынан.

Өзбекстан Сингапур исбилерменлерин зәрүр өндирислик инфраструктурасы менен тәмийинлеў, жеңилликлер ҳәм кепилленген сатып алыўлар түринде кеңнен қоллап-қуўатлаў, басқа да жәрдем илажларын бериўге таяр екени билдирилди.

Елимиздеги реформалар сырт ел бирге ислесиўшилери арасында Өзбекстанның исенимли ҳәм турақлы шериги сыпатындағы статусын беккемлеўге қаратылғанын атап өтип, бирге ислесиў ушын ашылып атырған имканиятлардан пайдаланыў ҳәм экономикамызға жедел инвестиция киргизиўге шақырды.

Шерикликти кеңейтиў бойынша толық пикир алысылды. Сингапур бизнеси ўәкиллери өз шығып сөйлеўлеринде Өзбекстандағы экономикалық реформаларды жоқары баҳалады, мәмлекетимизде әмелге асырылыўы режелестирилген анық жойбарларды таныстырды.

Исбилерменлер делегациясының ҳәр бир ағзасы менен сөйлесип, мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди жаратылған қолайлы инвестиция орталығы менен жеке танысыў ушын мәмлекетимизге мирәт етилди.

Ушырасыў соңында Өзбекстан тәрепиниң жуўапкерлерине илажда айтылған барлық жойбарларды, оларды әмелге асырыўдың басқышпа-басқыш механизмлерин, анық мүддет ҳәм атқарыўшыларын киргизген ҳалда тийисли Әмелий илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў тапсырылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сингапурға нәтийжели мәмлекетлик сапары жуўмағына жетти.


ӨзА