Өзбекстан-Сингапур саммитинен алдын Сингапур Президентиниң «Истана» сарайында Ш.Мирзиёевти күтип алыў мәресими болды.

Соң Өзбекстан Президентиниң ҳүрметине Сингапурдың миллий белгиси болған орхидея гүлиниң жаңа сортына атама бериў мәресими болып өтти. Дәстүрге бола, Ш.Мирзиёев гүлдиң жанына жаңа түрдеги орхидеяның аты – «Шавкат Мирзиёев орхидеясы» деп жазылған тахтайшаны жайластырды.

Буннан соң Президентлер еки тәреплеме ушырасыў өткерди. Өзбекстан ҳәм Сингапур арасындағы қатнасықларды және де тереңлестириў перспективалары, жәмийетлик-сиясий турмысты демократияластырыў бағдарындағы реформалар бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, Ш.Мирзиёев Сингапур бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиў өткерди. Жетекшилер 5 бағдарда бирге ислесиў орнатыў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Делегациялар басшылары жанында еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары дәрежесинде Өзбекстан-Сингапур бирге ислесиўин және де кеңейтиўге қаратылған 8 ҳүжжет алмасылды.

Шавкат Мирзиёев Ҳалима Яқуб ҳәм Ли Сянь Лунды өзлерине қолайлы болған ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.

Бүгинниң өзинде Шавкат Мирзиёев Ташкентке жөнеп кетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги