Нөкис қаласындағы Байтерек мәкан пуқаралар жыйынында «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.

Мәкан пуқаралар жыйыны басшыларының шөлкемлестириўинде Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан кеңеси менен биргеликте усы пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинлеген, жасаў жағдайы төмен турғынлар ушын шүлен қазанда палаў асылып тарқатылды.

Аймақ турғынлары усындай қыйын күнлерде көрсетилип атырған саўап ислерден миннетдар.

– Мен көптен берли усы аймақта жасайман. Мәҳәлле басшылары бәрқулла усындай қыйын күнлерде жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайларынан хабар алып, қолдан келген жәрдемин берип турады. Биз буннан да үлкен қыйыншылықларды көрген халықпыз. Бирақ, халқымыздың түсимпаз, мийрим-шәпәәтли, меҳирли халық екенин биз кешеги суўық күнлери бир-бирине қол созып, жәрдем бергенинен де және бир мәрте көрип, гүўасы болдық. Жанылғы қытшылығы себепли, автотранспортлар азайып кеткен ўақтында, мәкемелер, жеке көлиги бар пуқаралар үйлерине қайта алмай атырған адамларды бийпул апарып үлкен жәрдем көрсетти.

Мине, бүгин кем тәмийинленген шаңарақларға палаў тарқатылып, саўап исленип атыр. Биз буннан оғада миннетдармыз,-дейди аймақ турғыны Асылжан Алламбергенова.


Республикамызда «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.


Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги