Бүгинги күни мәмлекетимиз аймағындағы кәнлерде табийғый газ қазып шығарыўды кеңейтиў, углеводородлардың запасын арттырыў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, жаңа қудықлар бураўланып, қудықларды қайта оңлаў жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде олар қайта иске қосылмақта.
Үстирт газ қазып шығарыў басқармасына қараслы «Шығыс Бердақ» кәниндеги 5-санлы қудықта «Ўзнефтгазқудуқтаъмирлаш» акционерлик жәмийети қәнигелери тәрепинен алып барылған капитал оңлаў жумысларынан соң қудық қайта иске түсирилди. Бул жердеги 1709-1707 метр, 1694-1682 метр, 1660-1650 метр аралықларында перфорациялық жумыслар алып барылды. Өзлестириў нәтийжесинде қудықтан орташа күнлик 150 мың куб метр табийғый газ ҳәм 1 тонна газ конденсаты қазып шығарылыўына ерисилди.
Мағлыўмат ушын: «Шығыс Бердақ» газконденсат кәни 2002-жылы ашылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги