Пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жас қутқарыўшы» кеўиллилер клубының жумысларын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар және улыўма билимлендириў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Жас қутқарыўшы» спорт жарысының республикалық басқышы болып өтти.

Оған аймақлық басқышларда жеңимпаз болған 14 команда қатнасты.

Өткерилген көргизбели семинар ҳәм жарысқа Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы қалалық Кеңесиниң, Халық билимлендириў бөлиминиң, айрықша жағдайлар бөлиминиң басшылары, муғәллимлер ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 19-июльдеги «Халықты жер силкиниўлер себепли жүзеге келген айрықша жағдайларда (тәбийғый ҳәм техноген түрдеги) ҳәрекет етиўге таярлаў комплексли бағдарламасы»на муўапық, Өзбекстан Республикасы айрықша жағдайлар министрлигиниң 2018-жыл 6-февральдағы бийлигинде көрсетилген талаплар кеңнен түсиндирилип, улыўма билимлендириў, орта-арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде «Жас қутқарыўшы» кеўиллилер клубының жумысларын  шөлкемлестириў, олардың турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Өткерилген жарыс жуўмағында Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп биринши, Нөкис районындағы 5-санлы мектеп екинши, Қараөзек районындағы 28-санлы мектеп үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасылық Кеңесиниң, Халық билимлендириў министрлигиниң ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасының Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.