Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Украина менен шегаралас аймақлардан оқыўы Өзбекстанға көширилиўине руқсат берилген студентлердиң дизимин тастыйықлады. Студентлерден ҳүжжет тапсырған ЖООларының оқыўын көшириў бойынша жуўапкерлерине ушырасыўы соралды.
Украина менен шегаралас 8 аймақтан оқыўын көшириўге бурынғысынан басқаша тәризде руқсат берилген бир топар студентлердиң дизими тастыйықланды, деп хабар бермекте Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети.
Сыртқы ислер министрлигиниң жуўмағына муўапық Украина менен шегаралас болған Россия (Курск, Брянск, Белгород, Воронеж, Ростов, Краснодар) аймақларындағы, сондай-ақ, Қрым ҳәм Севастопольдағы жоқары билимлендириў мәкемелеринен оқыўы Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көширилиўи руқсат етилген бир топар студентлердиң дизими тастыйықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги