Әмиўдәрья районы ишки ислер бөлиминде профилактика инспекторларының қатнасыўында 2022-жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў ҳәм келип шығыўы мүмкин болған машқалаларды биргеликте сапластырыў мәселелерине бағышланған семинар болып өтти.
Семинарда Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы А.Сафаров, ишки ислер бөлиминиң баслығы Ж.Юсупов, прокурор жәрдемшиси З.Қудайбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы мәселелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў арқалы оларға ҳуқықый, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиўге, сондай-ақ, оларға жәмийетшилик тәрепинен қабыл етилген әдеп-икрамлық нормалары ҳәм қағыйдаларын сиңдириўге қаратылған илажларды әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылған.
Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы кодексине де бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген еди.
Бүгинги күнде ишки ислер уйымларының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайларына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатлары районлараралық ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылмақта.
Районлараралық судлар тек республикамыздың ҳәм ўәлаят орайларында, аймақлардың географиялық жайласыўы бойынша бир-биринен узақта жайласқанлығы ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкери усы ис пенен шуғылланыўы даўамында өз хызмет орнын узақ мүддет бос қалдырып атырғанлығы себепли турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыў әмелиятын пуқараларға қолайлылық жаратыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги келип шықпақта.
– Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыўға байланыслы нормаларды Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм тийисли ислерди көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларға өткериў нәзерде тутылмақта,-дейди Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы А.Сафаров. – Нызамда талап етилип атырған нормалар турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыўға байланыслы қыйыншылықлардың ҳәм әўерегершиликлердиң алдын алыўға хызмет етеди.
Семинарда турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы исти алып барыў, реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатын бериў, оның көриниси ҳәм мазмуны, оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер, суд тәрепинен көрилип шығылыўы процесслери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатты қанаатландырыў ҳаққындағы қарарды бийкарлаў ҳәм шахсты реабилитация орайынан босатыў, өтиниш хатты қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққындағы қарарды бийкарлаў ҳәм турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў бойынша да мағлыўматлар берилди.
Семинарда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги