Қорғаныўды басқарыў миллий орайында 13-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Онда Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, Қураллы Күшлеримиздиң сәркардалық қурамы, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте мәмлекетимиздиң қорғаныўы менен қәўипсизлигин беккемлеў бойынша 2022-жылы әмелге асырылған жумыслар талланды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы да Қураллы Күшлерди басқарыў системасын жетилистириў, әскерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығын арттырыў, бөлимлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен тәмийинлеў даўам еттирилди.

Барлық күш структураларының өз-ара бирге ислесиўдеги мәлимлеме-коммуникация системалары Қураллы Күшлерди басқарыў процесслерине избе-из интеграцияланбақта. Мәмлекетлик шегараны қорғаў ҳәм сақлаў системасын жетилистириў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша илажлар турақлы әмелге асырылмақта. Қураллы Күшлердиң басқарыў уйымларын ҳәм әскерлерди биргеликте таярлаў системасына сырт ел армияларының унамлы тәжирийбелери енгизилмекте.

«Халық ҳәм армия-бир тән ҳәм бир жан» деген ийгиликли принцип өзиниң нәтийжесин берди. Әскерий-ҳәкимшилик секторлар жумысының нәтийжесинде әскерий посёлкалар инфраструктурасы толық жаңаланды, жаңа оқыў полигонлары қурылды.

Ўатан қорғаўшыларын социаллық-ҳуқықый қорғаў да беккемленди. Өткен жылы 3 мыңнан артық шаңарақлар турақ жай менен тәмийинленди. Әскерий ҳаял-қызлардың мийнетин хошаметлеў мақсетинде «Тумарис» белгиси шөлкемлестирилди. Әскерий хызметкерлердиң перзентлери жоқары билимлендириў мәкемелерине жеңиллетилген тийкарда оқыўға кирди, өмирлик жолдаслары ҳәм әскерий пенсионерлер жумыс пенен тәмийинленди.

Мәжилисте тараўдағы әҳмийетли мәселелер де додаланды.

Ҳәзирги жедел геосиясий қарама-қарсылықлар шараятында экономикалық, социаллық, сиясий, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм басқа да тараўларда кескин машқалалар пайда болмақта. Қурамалы халықаралық жағдай, қәўипсизликке қәўип-қәтерлердиң күшейиўи Орайлық Азияда да бақланбақта.

– Ең үлкен байлығымыз болған тыныш өмирди  сақлаў, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, келешек режелеримизди белгилеўде мине, усы жағдайлардың барлығын инабатқа алыўымыз зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев. – Биз ҳәр қандай жағдайда да Өзбекстаннң мәмлекетлик суверенитети, оның шегараларына қол қатылмаслығы ҳәм аймақлық пүтинлигин тәмийинлеўимиз шәрт. Бул–бизиң тарийх ҳәм келешек әўладлар алдындағы муқаддес ўазыйпамыз.

Усылардан келип шығып, гезектеги тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.

Бәринен бурын, Қураллы Күшлерди санластырыўды жеделлестириў, тараўдағы министрлик ҳәм уйымлардың барлық мәлимлеме ресурсларын бирден-бир қәўипсиз информация кеңислигине бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қорғаўды басқарыў миллий орайы бул системаның тийкары болады.

Әскерий билимлендириў бағдарламаларын алдыңғы тәжирийбе тийкарында жаңалаў, педагоглардың маманлығын арттырыў, Әскерий инженерлер мектебин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиздиң мобилизация тараўындағы таярлығы ҳәм аймақлық қорғалыўын шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды. Сәркардалық қурамының әскерлерди басқарыў ҳәм қуралларды қолланыў бойынша тәжирийбесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Әскерий хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық-руўхый ҳәм жаўынгерлик таярлығын күшейтиў, жасларда ўатанға муҳаббат сезимин жоқарылатыў бойынша усыныслар берилди.

– Бизге бул күшти шеттен излеўдиң кереги жоқ. Даңқлы тарийхымыз, бай илимий ҳәм мәдений мийрасымыз, баҳадыр ата-бабаларымыздың турмысы ҳәм иси биз ушын ҳақыйқый ибрат мектеби, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Дүньяда жүз берип атырған гибрид характердеги қураллы соқлығысыўларды таллаў Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик қәбилетин арттырыўды талап етпекте. Соның ушын миллий армияны заманагөй техникалар менен тәмийинлеў, соның ишинде, әскерий авиация ҳәм ҳаўа ҳүжиминен қорғаў системасын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў мәселелерине итибар қаратылды. Олар ушын ипотека тийкарында көп қабатлы турақ жайлар қурыў, әскерий хызметкерлердиң пенсия тәмийнатын тәртипке салыў, әскерий медицина мәкемелериниң шараятларын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары шығып сөйледи. Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў бойынша илажлар белгиленди.

Сөзиниң соңында Президент барлық әскерлерди, пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Қорғаныў министрлигиниң Орайлық әскерий клиникалық госпиталын барып көрди.

Алдын бул емлеўхананың имаратлары да, жумыс усылы да ески еди. Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы бул жерге келип, оны реконструкциялаў ҳәм заманагөй үскенелеў бойынша тапсырмалар берген еди. Усы тийкарда үлкен көлемдеги қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. Медициналық әсбап-үскенелер жаңаланды. Басқарыўда клиникалық менеджмент енгизилди.

Госпитал жәми 700 орынға мөлшерленген болып, бул жерде әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, тараў ветеранлары бийпул емленеди. Сондай-ақ, басқа наўқасларға да төлемли хызмет көрсетиледи. Оның ушын 286 түрдеги диагностикалық тексериў, 600 ден аслам әмелиятлар жолға қойылған, 30 ға шамалас қәнигелескен бөлимлер шөлкемлестирилген.

Атап айтқанда, хирургиялық бөлимлер ушын 8 қабатлы жаңа имарат қурылған. Мәмлекетимиз басшысы ондағы шараятлар менен танысты. Бундай емлеўханаларды аймақларда да шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Әскерлерден тысқары спортшылар ҳәм ҳаял-қызларды емлеў бойынша усыныслар берилди.

Билимлендириў менен әмелияттың байланыслылығы да нәтийжели жолға қойылған. Бурын бундай қәнигелер Ташкент медициналық академиясының Әскерий медицина факультетинде таярланатуғын еди. Президентимиздиң 2020-жыл 22-октябрьдеги «Әскерий медицина тараўында кадрларды таярлаўдың сапа жағынан жаңа системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы факультет негизинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медициналық академиясы дүзилди.

Әҳмийетлиси, бул билимлендириў дәргайы Орайлық әскерий клиникалық госпитал жанында қурылды. Президент бул жердеги шараятларды да көзден өткерди.

Академия 250 студент ҳәм тыңлаўшыға мөлшерленген. Бул жерде болажақ әскерий шыпакерлер оқытылады ҳәм медицина хызметкерлери қайта таярланады. Оқыў имаратында 2 факультет, 5 кафедра, 2 орай, институт ҳәм администрация жайласқан. Ханаларда оқыў-шынығыўлар ушын барлық шараят жаратылған. 186 орынлық жатақхана да бар.

Мәмлекетимиз басшысы академиядағы билимлендириўдиң мазмунына айрықша әҳмийет қаратты.

– Имарат ҳәм шараятлар жақсы, бирақ бул жумыстың басланыўы. Енди тийкарғысы әскерий медицинаның мазмун-мәнисин түсинип, оқыўды дурыс жолға қойыў керек. Оның ушын сырт ел тәжирийбеси тийкарында педагогикалық, илимий ҳәм әмелий система жаратыў зәрүр. Бул система басқа медициналық жоқары оқыў орынларына альтернатив ҳәм бәсекилес, питкериўшилер өз бағдары бойынша үлги болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Академияда сырт ел басқарыўын енгизиў, дәслепки питкериўшилерди Түркия ҳәм Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериў бойынша көрсетпелер берилди.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары