Жаслар ислери агентлиги Қоңырат районлық бөлиминиң басламасы менен 14-январ-Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибетине Локомотив спорт залында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери арасында киши футбол бойынша жарыс болып өтти.

Жарыс жуўмағында «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасының Өрт өшириў бөлимшеси, биринши Миллий гвардияның Қоңырат районлық бөлими, екинши, Қоңырат районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери үшинши орынды ийелеўге миясар болды.



Илаж соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы