Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!

Қураллы Күшлеримиз хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди, сиз арқалы көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлайман.

Усы қуўанышлы әййямда өзиниң өмирин ана ўатанды қорғаўдай уллы иске бағышлаған сиз, әзизлерге өзимниң жоқары ҳүрмет-иззетимди билдиремен.

Әлбетте, мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз өзиниң муқаддес антына ҳәмийше садық болып, хызмет ўазыйпасын жерде де, көкте де мақтаныш пенен орынлап атырған сизлердей күшлери перзентлери – баҳадыр ҳәм дәўжүрек әскерлеримиз бенен орынлы түрде мақтанады.

Ҳүрметли дослар!

Кейинги жыллары мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде миллий армиямыздың келбети ҳәм имканияты түп-тийкарынан өзгерди.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Қураллы Күшлери мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын, шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлей алатуғын, ҳәрекетшең ҳәм пуқта қуралланған қүдиретли күшке айланды, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.

Дүньяда пайда болған ҳәзирги қурамалы жағдайда Ўатанымыз ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин, оның аймақлық пүтинлигин тәмийинлеў, ең баҳалы байлығымыз – жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин, әлбетте, терең түсинемиз.

 Мине, соның ушын да биз 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында елимиздиң қорғаныў потенциалын және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримизди раўажландырыўды баслы бағдарлардан бири етип белгиледик.

Усы стратегия тийкарында Қураллы Күшлерди жедел басқарыўды әмелге асырыў, миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен тәмийинлеў сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық-руўхый таярлығы ҳәм жаўынгерлик руўхын арттырыў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын қарарлар қабыл еттик.

Өткен жылы әскерий бөлимлерде биринши мәрте «Әмир Темурдың жаўынгерлик байрағы ушын» жарыслары болып өтти. Әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, әскерий дәстүрлерди және де беккемлеў, уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мәрт ҳәм жигерли, билимли ҳәм физикалық беккем Ўатан қорғаўшыларын тәрбиялаўда усы жарыслар шексиз әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги ўақытта күш-ғайратлы әскерлеримиз халықаралық майданларда өткерилип атырған көплеген абырайлы әскерий жарысларда да сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Соның ишинде, Өзбекстан әскерлери Халықаралық армия ойынлары, «Кембрия патрульи» ҳәм басқа да ири әскерий-спорт жарысларында бир неше жыллардан берли салмақлы жетискенликлерге ерисип атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.

Жасларымызды әскерий-ўатансүйиўшилик, жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда өткен жылы мәмлекетимиз бойлап «Ўатан таянышы» балалар ҳәм жас өспиримлер ҳәрекетин шөлкемлестиргенимиз сондай-ақ, барлық улыўма билимлендириў мектеплеринде усы ҳәрекеттиң 20 мыңнан аслам оқыўшы жасларды қамтып алған топарларының дүзилгени перзентлеримиз қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық туйғыларын жоқарылатыўға мүнәсип үлес қосып атырғанын атап өтиў керек.

Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм тараў ветеранларын социаллық қорғаў мәселесине де үлкен әҳмийет берилмекте. Тек ғана соңғы бир жылдың өзинде 3 мыңнан артық әскерлер турақ жай менен тәмийинленди, дерлик 2 мың әскерий хызметкерлердиң перзентлерине жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын жеңиллетилген усыныс хатлары берилди, 4 мыңнан аслам әскерлердиң өмирлик жолдасы кәсипке оқытылып, жумысқа жайластырылды, 1250 әскерий пенсионерлердиң бәнтлиги тәмийинленди.

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәзирги күнде пүткил жер жүзинде, соның ишинде, бизиң регионымызда, тиккелей шегараларымыз жанында ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер күн сайын күшейип бармақта.

Дүньяда жүз берип атырған гибрид характердеги қураллы соқлығысыўларды таллаў бизден Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик ҳәрекетлер процесинде бурын әмелде қолланылмаған қураллардан пайдаланатуғын күшлерге қарсы гүресе алыў қәбилетин арттырыўды талап етпекте.

Бундай шараятта, бәринен бурын, жаўынгерлик ҳәрекетлердиң нәтийжели түри ҳәм усылларын изертлеў ҳәм енгизиў, Қураллы Күшлердиң бирден-бир автоматластырылған басқарыў системасын жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириўимиз зәрүр.

Мәмлекетимиз аймақларының оператив үскенелениўин тәмийинлеў, аймақлық қорғаныў ҳәм пуқаралық қорғаныў системасын жетилистириў сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың барлық субъектлериниң айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша таярлық дәрежесин күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Қорғаныў санаатын системалы раўажландырыў, ушыўшысыз ушыў аппаратлары, полат қапламалы автомашиналар комплексин жетилистириў жумыслары да жумысымыздың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.

Буннан тысқары, төменги басқышлардағы бөлимлердиң мәлимлеме-психологиялық тәсирлерге төзим бере алыў қәбилетин арттырыўға қаратылған таярлық жумысларын турақлы жолға қойыў зәрүр.

Ҳәммемизге белгили, биз 2023-жылды мәмлекетимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп жәрияладық.

Усы мақсетте әскерий бөлимлерде жеке қурамның жаўынгерлик таярлығын, билим ҳәм тәжирийбесин, көзқарасын жоқарылатыў, олардың кәсиплик ҳәм мәдений қызғыўшылықларын қоллап-қуўатлаў мәселелерине үлкен әҳмийет бериледи.

Әскерий хызметкерлер ҳәм тараў ветеранларын, олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, материаллық ҳәм медициналық тәмийнатын жақсылаў, аймақларымызда әскерлер ушын узақ мүддетли, жеңиллетилген кредитлер тийкарында көп қабатлы турақ жайлар қурыў буннан былай да алдымыздағы әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдарлардан бири болып қалады.

Бүгинги қутлы әййямда бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: әскерий-жаўынгерлик потенциал ҳәм жоқары мәнаўий потенциал Өзбекстан Қураллы Күшлериниң еки уллы таянышына айланыўы зәрүр. Мақтанышлы тарийхымыз, уллы ата-бабаларымыз, жеңилмес сәркардаларымыздың мәртлиги, олардың «Билеги зор-бирди жеңеди, ақылы ҳәм жүреги зор болса- мыңды» деген дана пикирлери бизге мине усындай турмыслық ҳақыйқатты уқтырады.

Усы мәниде, әскерий билимлендириў ҳәм жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында, миллий өзлигимиз, ийгиликли қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў системасын және де жетилистириў бәршемиздиң ең әҳмийетли ўазыйпамыз.

Өткен жылы үзликсиз әскерий билимлендириў системасын жәҳән стандартлары дәрежесине алып шығыў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды.

Қураллы Күшлер академиясы реформаланып, келешекте оның әскерий илим тараўының локомотивине айланыўы ушын беккем тийкар жаратылды. Ендиги жағында жоқары әскерий билимлендириў мәкемелеринде де жаңаша қатнас ҳәм оқыў методлары енгизиледи.

Нәўқыран әўладымызды ҳәзирги күнги информация кеңислигиндеги қәўип-қәтерлерден қорғаў, оларда жат ҳәм зыянлы идеяларға қарсы турақлы иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде мәмлекетлик жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте жаслар, әсиресе, жәмлеспеген жасларды ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў бағдарындағы әмелий жумысларымыздың нәтийжелилигин арттырыўымыз зәрүр.

Бул ўазыйпаларды орынлаўда «Халық ҳәм армия – бир тән ҳәм бир жан!» деген принциптен келип шығып, әскерий-ҳәкимшилик секторлар ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиз хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Бүгинги даңқлы әййямда мәмлекетимиз тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолындағы пидайы хызметлериңиз ушын барлығыңызға өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Сиз, әзизлерди, сизлер арқалы шаңарақ ағзаларыңызды Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, уллы ҳәм жуўапкершиликли хызмет ўазыйпаңызда үлкен табыслар тилеймен.

Күш-ғайратыңыз, мәртебеңиз және де зияда болсын!

Ел-халқымыздың жоқары меҳири ҳәм исеними сизлерге бәрқулла яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы