Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сингапур Республикасы Президенти Ҳалима Якубтың мирәт етиўине бола 16-18-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.

Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық Сингапур Президенти Ҳалима Яқуб ҳәм мәмлекет Бас министри Ли Сянь Лун менен жоқары дәрежеде ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.

Күн тәртибинен көп қырлы Өзбекстан-Сингапур қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў ҳәм маман кадрлар таярлаў бағдарындағы әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратылады. Бул бағдарларға байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламы сөйлесиўлер жуўмағында қол қойыў ушын таярланбақта.

Буннан тысқары, Президентимиз Сингапурдың жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыў өткереди. Сапар алдынан еки мәмлекет исбилермен топарларының бизнес форумы болып өтеди.

ӨзА