Қырғызстан Бас прокуратурасы мәмлекеттиң биринши биринши Президенти Аскар Акаевқа «Қумтар» алтын кәни менен байланыслы жынайый ис бойынша тергеў жумысын тоқтатты. Бул ҳаққында Қырғызстан прокуратурасының баспасөз хызмети мәлим етти.

«Солай етип, Акаевқа қойылған барлық жынайый айыплаўлар алып тасланд», делинеди хабарда.

Айтылыўынша, алдынрақ мәмлекеттиң биринши жетекшисине басқа эпизодлар бойынша жумыслардың тергеўи тоқтатылған еди.

Акаев 1990-жыл октябринен баслап 2005-жылға шекем Қырғызстанға басшылық еткен. Мәмлекетте басланған «реңли революция»дан кейин қәўипсизлик көзқарасынан ол шаңарағы менен мәмлекетти таслап кетиўге мәжбүр болады. Сол ўақыттан берли ол Москвада жасап, университетте сабақ берип келген.

ӨзА