Өзбекстанда 10-15-январь күнлери аномал суўық бақланыўы, ҳаўа температурасының кешки ўақытлары -12-17 дәреже, арқада түнде -17-22 дәреже, Үстирт ҳәм шөл аймақларының айырым жерлеринде болса -25-27 дәреже суўық болыўы күтилмекте.

Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Эльмира Баситханованың билдириўинше, қатты суўықта инсан организминдеги қан тамырлары кескин тараяды. Әсиресе, гипертония, бас мий қан тамырлары атеросклерозы, инсульт ҳәм инфаркттен кейинги жағдай, стенокардия сыяқлы кеселликлер менен аўырған наўқасларға бундай қолайсыз ҳаўа-райы унамсыз тәсир көрсетеди. Оларды бас ҳәм жүрек тараўындағы аўырыўлар тийтақат етеди.

«Сондай-ақ, бронх ҳәм өкпе кеселликлери, атап айтқанда, бронхиал астмаға шатылған кеселликтиң жедел дәўириндеги белгилер күшейеди. Яғный, үйден көшеге шыққанда, бронхоспазм ямаса стенокардияның күшейиў қәўпи артады. Сол себепли бундай инсанлар шыпакер усынысы менен қасында барқулла ишип жүретуғын дәрилерин алып жүриўи шәрт»,-деп атап өтеди министрдиң орынбасары.

Оның қосымша етиўинше, аномал суўыық тери ҳәм баўыр кеселлиги бар наўқаслардың улыўма жағдайының жаманласыўына да себеп болыўы мүмкин. «Себеби, бундай шараятта дене ағзаларының музлап қалыў итималы жоқары. Соның ушын суўық қатыўдың алдын алыў ушын өшеге шыққанда ыссы ҳәм қалың кийимлер кийиў зәрүр», – деп түсиндиреди ол.

Онда, қолқап ҳәм жүн шулықлардан пайдаланыў әҳмийетли. Әсиресе, бас ҳәм ири қан тамырлары жайласқан мойын бөлимин ыссы тутыў талап етиледи. Себеби, мойындағы тамырлар инсан бас мийин қан менен тәмийинлейди.

Министр орынбасарының айтыўынша, аномал суўықта алкоголь ҳәм темекиден пайдаланыўдан ўаз кешкен мақул. «Себеби, бул зыянлы әдетлер қан тамырларын кескин тарайтып, қол ҳәм аяқтың қысқа мүддетте музлаўына себеп болыўы мүмкин»,-деп атап өтти Баситханова.

Қатты суўық ҳаўа инсан терисин ҳәдден тыс қурғатып жибереди. Соның ушын көшеге шығыўдан алдын қурамында суў болған дәри қуралларын териге жақпаған мақул. Керисинше, майлы кремлерди қолланыў усыныс етиледи.

Суўық күнлери азанда, әлбетте, азанда аўқатланыў керек. Аш қалыў денениң тез музлаўы ҳәм иммунитет төменлеўине себеп болады. Пайдаланылатуғын аўқатлар калориясы ыссы күнлерге қарағанда 25-30 процентке арттырылыўы мақсетке муўапық. Онда, ыссы ҳәм суйық аўқатлар жүдә пайдалы.

«Аномал суўық күнлери ашық ҳаўада азырақ болыў, балалар ҳәм кекселердиң көшеге шықпаўы усыныс етиледи»,-деп атап өтеди Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Элмира Баситханова.

ӨзА