Қараөзек районында мектеп оқыўшыларының қысқы дем алысын мазмунлы өткериў, оларды елимиздиң тарийхына қызықтырыў ҳәм сол арқалы жас әўладларымызды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде, республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-8-класс оқыўшылары арасында тарийх пәнинен «Қараөзек районы ҳәкими кубоги»  билимлер жарысының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Жарыс жуўмағында  Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Арыслан Махаматдинов 1-орынды,  Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Ислам Адилов 2-орынды ҳәм Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Гүлназ Қалбаева 3-орынды жеңип алды.

-Қараөзек районынан академик Сабыр Камалов, Өзбекстан қаҳарманы архелог Ғайратдин Хожаниязовтай тарийхшы илимпазлар туўылып камалға келген,-дейди бизге Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Аяпберген Қалилаев.- Усындай уллы инсанлардың мүнәсип избасарларын излеп табыў ҳәм олардың билимлерин және де жетилистириў мақсетинде, районымызда тарийх пәни бойынша оқыўшылар арасында жарыс шөлкемлестирдик  ҳәм олар район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленип атыр. Оқыўшылардың тарийх пәни бойынша қызығыўшылығы бизлерде унамлы тәсир қалдырды ҳәм олардың бул умтылысларын қоллап-қуўатлаймыз.

Жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған  диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, жарысқа белсене қатнасқан оқыўшыларға Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы