Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин түсиндириў ҳәм жаңа редакциядағы Мийнет кодексин кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыўлар өткерилмекте.
Усындай ушырасыўлардың бири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилди.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мүрәжатта белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиниклер берилди. Әсиресе, Мүрәжаттағы Жаңа Өзбекстан ушын ең әҳмийетли тараў билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылғаны ҳәм оқытыўшылардың абырай-мәртебесин, олардың қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда айрықша белгилеў зүрүрлиги атап өтилди.
Буннан басқа алдағы жылда жоқары оқыў орынларының студентлери ушын жеңиллетилген тәлим кредитлерине ресурслар еки есеге көбейтилип, 1,7 триллион сум қаржы ажыратылатуғынлығы белгиленди.
Илажда жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилип, оны ислеп шығыў процесинде 10 нан аслам халықаралық шөлкем, соның ишинде, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, 60 тан аслам мәмлекеттиң тәжирийбеси үйренилгени атап өтилди.
Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги