Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов Қараөзек районында тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте өз сайлаўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатының мазмун-мәниси, онда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында қабыл етилетуғын ҳәм көрип шығылатуғын нызам жойбарлары, нызам ислеп шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди. Сайлаўшылардың пикир-усыныслары тыңланды. Олар тәрепинен атап өтилген мәселелердиң орынланыўын депутат өз қадағалаўына алып, жуўапкер басшыларға көрсетпелер берилди.
Илаж даўамында райондағы 25-санлы улыўма билим бериў мектеби жанындағы қосымша қурылған имарат ҳәм қурылыс жумыслары алып барылып атырған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратындағы жумыслар менен танысты. Қурылысшылар менен сәўбетлесиў өткерилип, пикир-усыныслары тыңланды.
Мағлыўмат ушын, Қараөзек АПЖ аймағындағы 25-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында реконструкциялаў есабынан 96 орынлық оқыў блоги ҳәм 12×24 метр өлшеминдеги спорт залын қурыў ушын 2 миллиард 832 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылып, «Реверстрой» ЖШЖ тәрепинен қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған.
Халық ўәкили райондағы тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте аймақтағы исбилерменлик субъектлери менен де ушырасты. «Аббас строй» ЖШЖ тәрепинен жаңадан қурылып атырған ири объектлердиң бири, жаслар мийнет гүзарын ҳәм жасыл қапламалы спорт майданшасын қурыўға «Алоқа банк» кредити есабынан 1 миллиард 700 миллион сумлық қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Аймақтағы және бир «Бийбиайша дентал» ЖШЖ тәрепинен халыққа стомотологиялық хызмет көрсетиўи ушын «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында 51 миллион 520 мың сумлық кредит ажыратылып, ҳәзирги күнде ол да өз жумысын баслаў алдында турыпты.
Депутат Б.Алдамуратов райондағы исбилерменлер менен ушырасыўлары даўамында тиккелей сәўбетлесиўлер өткерип, олардың алдағы режелери ҳаққындағы пикир-усынысларын тыңлады. Халық ўәкилиниң ушырасыўы Тахтакөпир районында да даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги