30-июнь күни Өзбекистан жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң төртинши Қуралтайы болып өтип, оған Қарақалпақстан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетинен 31 жас делегат қатнасты.
Илаж даўамында жаслар ҳәрекетиниң жумысларына сын көз-қарастан баҳа берилди. Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен илимий кеңес дүзиў, халықаралық дәрежедеги жаңа баспасөзди шөлкемлестириў ҳаққында усыныслар берилди. Форумда «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети тәрепинен жәмлеспеген жаслар арасында жетерли қадағалаў жумыслары алып барылмағанлығы, жаслар турмысы ҳаққындағы мақалаларда сын пикирлердиӊ сайызлығы, көтере мақтаўлар көбирек орын алып атырғанлығы, физикалық имканияты шекленген балалар менен ислесиў оғада төмен дәрежеде екенлиги қатаӊ сынға алынды.
Жасларбап «Ёшлар» телерадиоканалының жаслар ушын арналған көрсетиўлери алдын 16 процентти қураған болса, Қуралтайдан соң оныӊ көлеми 50 процентке асырылды.
Қуралтай қатнасыўшысы Гаўхар Тагабергенова форумнан алған тәсирлерин былайынша баян етеди: Қуралтайда Президентимиз Қарақалпақстан халқы ҳаққында, әсиресе Мойнақ районында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында жыллы пикирлерин билдирди. Ҳақыйқатында да, Мойнақ районы халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде Қоңырат-Мойнақ суў тармағының қурылысының иске түсирилгени, районда жаслар театрының, оның жанында жатақхананың қурылысы шөлкемлестирилип атырғаны, жолларға асфальт төсеў, сондай-ақ, туризмди раўажландырыў бағдарында, улыўма 72 жойбар шеңберинде кеӊ көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық.
Президентимиз тәрепинен «Жаслар аўқамы» ағзаларына жәмлеспеген жаслар менен ислесиў ҳәм де физикалық имканияты шекленген жас өспиримлерди спортқа қызықтырыў, жәмийетке бирлестириў бағдарында ўазыйпалар жүкленди. Улыўма жаслар сиясаты бағдарында жүз берген бундай уллы жаңалықлар қарақалпақстанлы жасларды да руўҳландырып, жаңа шеклерди ийелеўге жетелемекте.
ҚУМАР ПЕРДЕБАЕВА,
(Қарақалпақстан хабар агентлиги)