Жақында Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде марҳум шайыр, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Гүлистан Шамуратованың 80 жыллық юбилейине арналған «Уллы бостан Гүлистаны» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.

Онда жазыўшы ҳәм шайырлар, руўхый үгит-нәсиятшылар, көркем өнер ғайраткерлери, басылымлардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, шайырдың туўған-туўысқанлары, жаслар менен профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Илажды Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Фидокорона хизматлари учун» ордениниң ийеси, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Гүлистан Матьяқубова басқарып барды.

Онда шығып сөйлеген «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң  баслығы Ш.Уснатдинов, республикамыздың бир қатар белгили шайыр ҳаял-қызлары Г.Шамуратованың жақынларын юбилей  менен  қутлықлап, оның қарақалпақ әдебиятындағы салмақлы орны, журналистикамызға қосқан үлесине кең түрде тоқтап өтти ҳәм шайырды еслеп, ҳүрмет көрсетти.

Илаж қатнасыўшылары шайыр ҳаял-қызлар менен жас дөретиўшилердиң мушайрасын, Г.Шамуратованың Ўатан, муҳаббат, ҳаял-қызларға арналған қосықларынан дөреген концерт бағдарламасын  тыңлап, руўхый азық алды.

Илажда шайырдың дөретиўшилик мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы