Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң “Уллы Жипек жолы” бағдарламасына қатнасатуғын мәмлекетлер туристлер ушын бир формадағы виза енгизиўди режелестирмекте. Бул ҳаққында Inform.kz сайты хабар бермекте.
“Бул басламаны барлық қатнасыўшы мәмлекетлер қоллап-қуўатламақта. Олардың саны 30 дан асламды қурайды. Уллы Жипек жолы – кең көлемли жоба. Евразия материгиниң үлкен бөлегин қурайды. Оның аймағы шығыстағы Япониядан Европаның шығыс тәрепиндеги Италияға шекем барады. Шыны менен де, бул баслама барлық еллерге байланыслы, деген менен, дәслеп бул идеяны Орайлық Азия еллери арасында иске асырып көриў нийетиндемиз”, – деди “Visit Uzbekistan” жобасы директоры Михаил Шамшидов Астана қаласында өткерилип атырған Қазақстан-Өзбекстан туристлик форумында.
М.Шамшидовтың айтыўынша, туризм бағдарында Өзбекстан ҳәм Қазақстан бир-бирине бәсекилес бола алмайды. Себеби, Өзбекстан – отырықшы ел сыпатында туристлерге әййемги қала ҳәм естеликлерин усынса, Қазақстан әййемги көшпели мәденияты менен өзгешеленип турады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги