Украина Президенти социаллық тармақтағы бетинде түркиялы кәсиплеси Режеп Таййип Эрдоған менен екшемби күни телефон арқалы сөйлескенин жазған. Тәреплер сөйлесиў ўақтында дән бойынша келисимди жетилистириў имканиятын додалаған.

«Анадолу» агентлигиниң хабарына бола, Зеленский бир неше мәрте Украина аўыл хожалығы өнимлери экспорты көлемин кеңейтиў мәселесинде мүрәжат еткен. Киев, сондай-ақ, дән шәртнамасын бир жылға созыў ҳәм жойбарға Николаев портын қойыўды сорап атыр.

Түркия жетекшиси усы күнниң өзинде Россия Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесип, «ғәлле келисимин әмелге асырыў ҳәм Түркияда газ орайын жаратыў идеясын додалаған. Сондай-ақ, Украина әтирапындағы жағдайға фундаменталь қарасларын билдирген. Эрдоған сөйлесиў даўамында дән коридоры арқалы «басқа азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки зат экспортын да усыныс етти», делинеди хабарда.

ӨзА