Халқымыз кең пейил халық. Қоңсысы қыйналып, аш отырса оның тамағынан аўқат өтпей, қолдан келгенинше жәрдем көрсетиўге асығады. Усындай халқымызға тән болған қалыс жәрдемлер Президентимиздиң басламасы, соның менен бирге, республикамыз басшылары тәрепинен орынларда әмелге асырылып, усындай қайырқомлық илажларға тараў басшылары да қосылып, алыс аўыллардағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем қолын созыў көбеймекте.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, орынбасарлары Т.Абдижаббаров ҳәм М.Бабаниязовлар Шоманай районындағы Кетенлер, Дийқанабад, Айбүйир аўыл пуқаралар жыйынларында аўыр шараятта жасап атырған шаңарақлардан хабар алды.
Оларға азық-аўқат, ун, өсимлик майы, кийим-кеншек, үй-рузыгершилик буйымлары ҳәм өзлериниң есабынан 10 тонна көмир апарып берди.
Усы шаңарақлардағы пуқаралардың жасаў шараятларын үйрениў ўақтында, олардан 3 жайдың төбеси шифер менен бастырылыўы, бөлмелериниң полланыўы керек екенлиги анықланып, бул машқалаға шешим табылатуғынлығы белгиленди.
– Мен көптен берли Дийқанабад АПЖ да жасап атырман. Тийисли тараў басшылары, ҳәкимлик ҳәм пуқаралар жыйынынан байрамларда ҳәр қыйлы жәрдем көрсетилип турылады. Басшыларымыз бүгин тағы да бир қатар қысқы кийимлер алып келип, бизлерге жәрдем көрсетти. Байрам алдынан, қыстың усындай аязлы күнлеринде, қалың кийим кийгизип, берген қалыс жәрдемлери ушын миннетдармыз,-дейди аўыл турғыны Е.Режепов.
Усындай инсанлардың жүзиндеги қуўанышты көрип, ҳәр бир адамда усындай қайырқомлық илажларды әмелге асырыў нийети пайда болады, әлбетте.
Республикамыз бойлап «Меҳир ҳәрекети» илажы даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги