Исбилерменлик субъектлери тәрепинен жүклерди автомобиль транспортында қалада, қала әтирапында сондай-ақ, қалалар аралық тасыў жумысы менен шуғылланыў ушын лицензия алыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-6044-санлы Пәрманына тийкарланып бийкар етилген.
Исбилерменлик субъектлери тәрепинен автомобиль транспортында жүклерди халықаралық жөнелислер бойынша тасыў жумысы менен шуғылланыў ушын лицензия алыныўы зәрүр. Онда, талабан Ҳүкиметтиң 636-санлы қарарына тийкарланып Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса БУМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиўи тийис.
Қарақалпақстан хабар агентлиги