«Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан республикалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте бас Нызамымыз қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен «Конституциямыз реңлер жилўасында» атамасында талантлы жаслар арасында сүўретлер таңлаўы өткерилди.
Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң Көргизбелер сарайында таңлаўдың аймақлық басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм сүўретлер көргизбеси болды.
Оның ашылыў салтанатында «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов шығып сөйлеп, жас сүўретшилерге әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, таңлаўды өткериўден мақсет, бас Нызамымыздың орны ҳәм әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ғәрезсизлик инам еткен бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымызды балалардың дөретиўшилигинде сәўлелендириў, олардың сиясий ҳәм ҳуқықый билимин жетилистириў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў болып табылады.
Илаж даўамында таңлаў қатнасыўшыларының сүўретлер көргизбеси шөлкемлестирилип, Конституциямыздың ҳәр бир статьясы жас сүўретшилердиң дөретиўшилик жумысларында өз көринисин тапты.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз болған Нөкис қаласынан Саида Жуманиязова, Зарина Ибрагимова, Мийирбек Досмайлов, Еламан Қазақбаев, Асемай Жумабаева ҳәм Шоманай районынан Саҳипжамал Қутлымуратовалар Ҳүрмет жарлықлары ҳәм планшет пенен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги