Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Әмиўдәрья районы бөлими, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими ҳәм ишки ислер бөлими хызметкерлери арасында өткерилген гезектеги оператив илаж нәтийжесинде жасалма спиртли ишимликлер саўдасының алды алынды.

Атап айтқанда, үш пуқара алдын ала тил бириктирип, қәлбеки акциз маркасы менен желимленген 1800 шийше «Қаратаў» арағын 25 миллион сумға сатыўға келискен. Соннан райондағы «Бес там» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы қурылысы тамамланбаған автомобиллерге жанар май қуйыў шақапшасының ишинде қарыйдардан 10 миллион сумын алған ўақтында усланды. Алкогол өнимлери айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Әмиўдәрья районы бөлими тәрепинен ҳуқықбузарға қарсы Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги