Қарақалпақ миллий мәденияты, әсиресе, музыка көркем өнери, соның ишинде қарақалпақ эстрадасының раўажланыўында ҳәм оның бүгингидей дәрежеге жетисиўинде мелодист композитор Қәдир Хилаловтың орын айрықша.
Қарақалпақстан көркем өнер сарайында белгили композитор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қәдир Ҳилаловтың естелигине бағышланған “Мен жасайман намаларымда” атлы еслеў кешеси болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер сарайы жәмәәтиниң шөлкемлестириўиндеги илажға республикамызға белгили көркем өнер, мәденият, әдебият тараўы ўәкиллери, композитордың шаңарақ ағзалары, кәсиплеслери, шәкиртлери менен заманлас дослары, ғалаба хабар қуралларыныӊ хызметкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, Қәдир Ҳилаловтың бийтәкирар дөретиўшилиги ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин ҳүрмет пенен тилге алды. Соңынан оның қарақалпақ музыка көркем өнери әсиресе, қарақалпақ эстрада жанрын раўажландырыў жолындағы пидайы мийнетлери баҳаланып, мархум композиторға Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен берилген «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы” көкирек белгисин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан таярланған саўғаларды композитордың шаңарақ ағзаларына салтанатлы түрде тапсырды.
Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор Қ.Заретдинов, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыра Г.Дәўлетова, Қарақалпақстан халық жазыўшылары М.Нызанов, А.Султановлар менен басқалар сөзге шығып, композитордың дөретиўшилиги, оның менен бирге ислескен дәўирлерин еске алып, илаж шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Атап өтилгениндей, Қәдир Ҳилалов дегенде өзиниң иләҳийда таланты, жоқары адамгершилиги, көп қырлы дөретиўшилиги менен халқымызға белгили таланты ийеси, елимиздиң әдиўли перзентлериниң бири, көплеген шәкиртлердиң қәдирдан устазы көз алдымызға келеди.
Ол 1959-жылы Нөкис қаласында туўылады. 1978-жылы бурынғы Қаллы Айымбетов атындағы мәдений ағартыӯ техникумының «Халық сазлары» бөлимине оқыўға кирип, оны 1982-жылы табыслы питкереди. 1982-жылы Қарақалпақстан телерадиоеситтириӯ комитети жанындағы «Халық сазлары» оркестринде жетекши сазенде болып жумыс ислеп, 1988-жылдан баслап, композитор сыпатында өзиниң кеўиллерге қонымлы намалары менен халқымыз арасында кеңнен таныла баслады.
Оның «Ўатан тәрийпи», «Қарақалпақ перзентимен», «Қыз сағынышы», «Сүйип қалдым», «Сағынаман», «Умытпа гөззал», «Өкинбе жаным», «Дүнья», «Гөззал қызға», «Анажан» сыяқлы 150 ден аслам қосықларға жазған намалары тыңлаған жүреклери жаўлап алыў менен бирге, мың сан кеўиллерди қыял теңизинде жүзидире алған ҳақыйқый талант ийеси еди. Сондай-ақ, академиялық театрда ҳәр жылы өткерилетуғын «Саўға» байрам тамашасының, «Танка» фильминиң, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының гимнин жазған талантлы композитор еди.
Қәдир Ҳилаловтың дөреткен қосықларын ҳәўескер атқарыўшылардан баслап, профессионал қосықшыларымыз да кәмине келтирип атқарып шықты. Олардан: Замира Хожаназарова, Базаргүл Кәримова, Мырзагүл Сапаева, Гүлхатийша Айымбетова, Дәлибай Мәмбетмуратов, Гүлнара Мунтеева, Светлана Шыныкулова, Алтынгүл Әжиниязова, Мақсет Өтемуратов, Рашид Хожасов, Бегис Темирбаев, Сәрсенбай Узақбаев, Дәўлет Дошумов ҳ.т.б.да қосықшыларымыз тәрепинен атқарылған қосықларды бүгинги күни де халқымыз сүйип ҳәм уйып тыңлайды. Мелодист композитордың жазған шығармалары түрли республикалық байрам салтанатларында атқарылып, көплеген фестивальларда, таңлаўларда жоқары нәтийжелерге еристи. Әҳмийетлиси, оның дөреткен қосықлары бүгинги күни де сахналардан түспей атқарылып киятыр. Жақсы қосықтың өмири узақ болады дегени де усы шығар.
‒Биз мудамы Қәдир Ҳилаловты өзгеше толқынланыў менен еске аламыз. Оның еле де халқымызға берери көп еди. Кеўли бос, ақкөкирек, кемтар инсан еди. Әттең, 2005-жылы 19-февраль күни сум әжел оны арамыздан алып кетти. Бүгин ол арамызда болғанында 63 жасты қарсы алған болар еди. Бирақ, оның исми, оның өзи дөреткен намаларында жасап қалды. Ол бизиң арамызда, мәңги тири‒дейди белгили жазыўшы Алпысбай Султанов.
Еслеў кешеси композитордың шығармаларынан ибарат, елимизге белгили көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Сахнада халық сағынған, халықты сағындырған қосықлар жаңлады…
Гүлмира ПАЛЎАНОВА
Қарақалпақстан хабар агентлиги