Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында республикамыздағы аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев басқарып барған мәжилисте атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Шараяты аўыр болған, кем тәмийинленген шаңарақлардың турмысы менен танысыў ҳәм олардың тикленип алыўына барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша Президентимиз тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп берилген.
Шараяты аўыр шаңарақ дегенде қолайлықларға ийе болмаған турақ жайларда жасап, қыста отын ямаса көмирге, емлениўге, дәри-дәрмаққа, перзентлерине кийим-кеншек алып бериўге қәрежети жоқ, ҳәттеки туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалығын ямаса пуқаралық паспортын алыўға қурбы жетпейтуғын шаңарақлар, хожалықлар түсиниледи. Буннан тысқары ижарама-ижара ўақтынша күн көрип жүрген үйсизлер, баспанасызлар да усы тайпадағы хожалықларға киреди.
Бул аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың турмысын жақсылаў бағдарында ҳәзирги ўақытта ийгиликли баслама көтерилип, барлық районлардың орайлары менен аўылларында төмен шараятта болған, жасаў турмысы әпиўайы талапларға да жуўап бермейтуғын шаӊарақлар үйренип шығылды.
Усы тийкарда өткерилген мәжилисте республикамыз районларындағы аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарында жумысларды нәтийжели жолға қойыў мақсетинде министрлик, басқарма, мәкеме-шөлкем басшыларынан ибарат исши топарлар дүзилди ҳәм районлар бириктирип берилди.
Мәжлиске Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т. Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев қатнасты.
Усы мәселеге бағышланған мәжилис Қараөзек ҳәм Қоӊырат районларында да болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев, Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев тийисли уйымлардың жуўапкерлери менен биргеликте шетки аўыл ҳәм мәканларда жасап атырған шараяты аўыр шаңарақлар, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турмысы менен тереңирек танысты. Олардың жасаў шараятларын жақсылаў бойынша биринши гезектеги ўазыйпалар белгиленип, жәрдемлер көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги