Кеше түнде Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында ең соңғы шерек финалшылар анықланды.
Онда Бельгия ҳәм Хорватияны өз топарында изде қалдырып өзине жараса сенсация орнатқан Марокко бул ретте футбол жанкүйерлерин таң қалдырып, Испанияны пенальтилер сериясында 3-0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, Роналду жетекшилигиндеги Португалия Швейцарияны 6-1 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Соны атап өтиўимиз керек, бул ойында Гонсалу Рамуш хет-трикке ерискен болса, Пепе, Геррейра, Леаулер 1 голдан урып, Португалияның жеңисине өз үлесин қосты.
Енди Португалия Марокко менен ярым финал жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы