Гүзги-қысқы мәўсимде ҳәўиж алып көбейип кететуғын грипп, өткир респиратор инфекциясының тарқалыўы ҳәм басқа да жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде әмелге асырылатуғын шаншыў илажлары, орынларда өткерилетуғын үгит-нәсият, түсиндириў жумыслары усы кеселликлердиң кең тарқалыўының алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта усы бағдарда Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы, оның аймақлық бөлимлери ҳәм емлеў профилактика мәкемелери тәрепинен халық арасында грипп ҳәм өткир респиратор инфекциялары тарқалыўының алдын алыў мақсетинде биргеликте әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар бағдарламасына муўапық бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, мәўсим алдынан тийисли қәнигелердиң қатнасыўында республика аймағындағы барлық емлеў-профилактикалық мәкемелериниң шыпакерлери, орта медицина хызметкерлери ушын грипп ҳәм өткир респиратор инфекциялары профилактикасы, клиникасы, диагностикасы, емлеў, эпидемияға қарсы илажлар темасында оқыў-семинарлары өткерилмекте.
– Жуқпалы кеселликлер емлеўханалары, перинатал орайлары, интенсив терапия ҳәм реанимация бөлимлеринде аўыр өткир респиратор инфекцияларына шатылған наўқасларда өткир интоксикация, дем алыў ҳәм жүрек қан-тамыр жетиспеўшилиги, ДВС синдромының раўажланыў қәўипи сыяқлы кеселликлердиң тәсирлери бақланыўы мүмкинлигин инабатқа алған ҳалда емлеў-профилактика мәкемелеринде қосымша 377 наўқас орынлары (койка) қоры дүзилди,-дейди Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы баслығының орынбасары В.Абсаттарова. – Эпидемияға қарсы илажларды әмелге асырыў ушын тийисли шараятлар жаратылды.
Сондай-ақ, жуқпалы кеселликлер емлеўханалары, туўыў комплекслери ҳәм балалар емлеў мәкемелериниң қабыллаў бөлимлери 568 дана пульсоксиметрлер менен тәмийинленген болып, наўқасларға толық медициналық жәрдем көрсетиў шаралары көрилди. Қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў станцияларында ДВС синдромы ҳәм өткир дем алыў жетиспеўшилиги болған наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын 71 арнаўлы бригада таярланды.
Быйылғы коронавирус инфекциясы, мәўсимлик грипп ҳәм өткир респиратор инфекцияларының биргеликте тарқалыў итималлығы денсаўлықты сақлаў системасына басымның артыўына алып келиўи мүмкин.
Сонлықтан гриппке қарсы шаншыў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде емлеў профилактикалық, өндирислик кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерде бар болған ямаса ўақтынша шөлкемлестирилген шаншыў пунктлеринде қәўипсиз шаншыўды тәмийинлеў мақсетинде жетерли шараятлар жаратылды. Атап айтқанда, республикамызда кеселлик мәўсими алдынан шаншыў илажларын әмелге асырыў мақсетинде жәми 159 орында шаншыў пунктлери шөлкемлестирилип, шаншыў илажларына 220 шыпакер, 315 орта медицина хызметкерлери, 242 дублёр ҳәм дизимге алыўшы хызметкерлер қатнастырылды. Буннан тысқары, орынларда емлеў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде 144 мобиль бригадалар шөлкемлестирилип, шаншыўдан кейинги тәсирлерди емлеў ушын 130 орын шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасында усы жылда грипп кеселлигине қарсы мәўсим алдынан гриппке қарсы 140075 доза “Grippol plus” ҳәм 1950 доза “OLVAXTAR-FLU” вакциналары алып келинди ҳәм грипп кеселлигин жуқтырыў итималлығы жоқары болған топарларға емлеў жумыслары әмелге асырылды. Атап айтқанда, гриппке қарсы “Grippol plus” вакцинасы менен улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлерине 40967 доза,
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларына 8995 доза, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң медицина хызметкерлерине 22578 доза, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларына 67535 доза, сондай-ақ, “OLVAXTAR-FLU” вакциналары менен нәрестелер үйинде жасаўшыларға 24 доза, «Қайыр-сақаўат» үйлеринде жасаўшыларға 403 доза, арнаўлы мектеп интернатларында жасаўшыларға 1523 доза толық бийпул емлеў илажлары өткерилди.
Шаншыў илажлары даўамында басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен емлеў-профилактика мәкемелерине иммунизация илажларын шөлкемлестириўде үзликсиз әмелий-методикалық жәрдемлер берип барылды. Гриппке қарсы ислетилетуғын вакциналарды сақлаў ҳәм шаншыў пунктлерине жеткизип бериўде «суўықлық шынжыры» қағыйдаларына толық әмел етилиўи қадағалаўға алынды. Шаншыў қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде эпидемиологиялық мониторинглер өткерилип, шаншыўдан кейинги жүз бериўи мүмкин болған кеўилсиз жағдайлардың алдын-алыў бойынша барлық зәрүрий шаралар көрилди.
Ҳәзирги ўақытта басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм басқа да шөлкем басшылары менен биргеликте жумысшыларға ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына эпидемиялық мәўсим алдынан гриппке қарсы емлениўдиң медициналық ҳәм экономикалық жақтан мақсетке муўапық екенлиги ҳаққында кең көлемде түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта.
Профилактикалық илажлар ҳәм эпидемияға қарсы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги