8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн болып, бул сәне улыўмахалықлық байрам сыпатында елимиз бойлап кең түрде белгиленеди.
Усы мүнәсибет пенен ҳәзирги күнлери республикамыз бойлап ҳәр қыйлы байрам илажлары, ушырасыў кешелери болып өтпекте.
Бүгин усы байрамға бағышланып, пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаға үйретиў миллий орайында «Конституция – пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң тийкарғы кепили» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Кешени миллий орай директорының оқыў ҳәм илимий ислер бойынша орынбасары И.Пирниязов ашып, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты, В.Қаленова, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ағзасы Е. Қутыбаева, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы М. Абдижалиев, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы П.Дошмуратовлар сөзге шығып, Конституциямыздың мәмлекетимиз халқы турмысындағы тутқан орны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап, ол елимизде жасап атырған ҳәр бир инсанның бахытлы турмыс кешириўи ушын хызмет ететуғынын айтып өтти.
Сондай-ақ, илажда кеше қатнасыўшылары тәрепинен баянатшыларға Конституцияға киргизилип атырған жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша сораўлар берилип, оларға кең түрде жуўап берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы