Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен Қазақстан Республикасынан Өзбекстан Республикасына пияда кирип келген пуқара бажыхана қадағалаўынан өткерилгенде, онда бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған ҳәм бажыхана қадағалаўына усынылмаған 1 дана «GРМ-177 CAL 4,5 mm» жазыўлы газ баллонлы пневмотикалық пистолет ҳәм 1 дана пистолет қабы бар екени анықланды, деп жазбақта Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Мәлимлеме хызмети.
«Тап сондай және бир жағдайда «Даўыт-ата» шегара бажыхана постына Россия Федерациясынан кирип келген пуқара басқарыўындағы «Лада Гранта» маркалы автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилгенде, онда жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында мәлим етилмеген жәми 50 дана аң гилзалары ҳәм 1567 дана гилза ушын капсюльлер, сондай-ақ, 2 дана «Police» атамасында электрошокерлердиң ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Россиядан Өзбекстанға алып келинип атырған жағдайына шек қойылды», жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта, делинеди хабарда.
Қарақалапқстан хабар агентлиги