«Қоңырат сода заводы» акционерлик жәмийети қоспа кәрханасының орайлық лабораториясында инновациялық технологияларды ислеп шығарыў, енгизиў ҳәм илимий изертлеў секторының хызметкерлери лаборатория шараятында ас содасы өниминиң үлгисин алыўға еристи.
Атап айтқанда, кәрхананың ишки мүмкиншиликлери ҳәм шийки затларынан пайдаланған ҳалда үнемшил инновациялық усылда, импорттың орнын басатуғын натрий гидрокарбанаттың GOST 2156-76 ас содасы үлгиси алынды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылдың 20- май күнги «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген қоспа кәрханасында 2022-2025-жылларда кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды жылына 250 мың тоннаға жеткериў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде ишки ҳәм сыртқы базарларда турақлы талапға ийе болған кальцийлестирилген сода өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, химия санаатының экспорт потенциалын буннан былайда арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте тастыйықланған «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийети кәрханалары тәрепинен 2023-2026-жылларда әмелге асырылатуғын инновациялық жойбарлардың «Жол картасы»нда лаборатория шараятында кальцийлестирилген содадан тутыныў содасын алыў ўазыйпасы жүкленген еди.
-Бүгинги күни елимизде ас содасына болған талаптың жоқары екенлигин есапқа алсақ, бул өнимди өзимизде ислеп шығарыў айрықша әҳмийетке ийе,-дейди кәрхананың инновациялық технологияларды ислеп шығарыў, енгизиў ҳәм илимий изертлеў секторының баслығы Айсултан Қурбанова.- Елимизде усы өнимге болған жыллық талап 8 мың тоннадан зыят болса, соннан 6 мың тоннадан зыяты Россия Федерациясы ҳәм Иран мәмлекетлеринен импорт етиледи. Бул өним тийкарынан азық-аўқат санаатында, фармацевтика өнимлерин шарўашылықта жем ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда кеңнен қолланылады. Бизиң есап-санақларымызға қарағанда кәрханамызда жылына 10 мың тоннаға шекем ас содасын ислеп шығарыў имканияты бар. Ең баслысы керекли шийки зат сырттан алып келинбейди ҳәм жаңа жумыс орынлары ашылады.
Кәрхананың инновациялық технологияларды ислеп шығарыў, енгизиў ҳәм илимий изертлеў секторы қәнигелериниң излениўлери нәтийжесинде лаборатория шараятында алынған ас содасының үлгиси келешекте өндириске енгизилип, елимиз экономикасының раўажланыўына, халықтың усы өнимге болған талабын қаранаатландырыўға хызмет етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы