Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Наўайы ўәлаятының ҳәкими Н.Турсунов Шымбай районында болып, бир қатар объектлердиң ашылыў мәресимине қатнасты.
Халықаралық майыплар күни ҳәм «Мийрим–шәпәәт айлығы» мүнәсибети менен Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйинде болып, бул жерде емленип атырған инсанларды байрам менен қутлықлады. Усы күни Наўайы ўәлаяты ҳәкимлигиниң жәрдеминде қурып питкерилген тубёркулез кеселлиги бөлиминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Соның менен бирге мийманлар бул жердеги жаратылған шараятлар менен танысты. Емлениўшилерге байрам саўғалары тапсырылды. Бажыханашылардың басламасы менен жақында олардың ҳәр бирине шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алып берилгенлиги атап өтилди. Көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы қойып берилди.
Усы күни мийманлар райондағы Кеңес аўыл пуқаралар жыйынының жаңа имаратының ашылыў салтанатында қатнасып, Көкшеқала мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратында қурылыс жумысларының барысы менен танысты.
Район ҳәкимлигинде исбилерменлер менен ушырасыў өткерилип, тийисли ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги