«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Халықаралық майыплар күни ҳәм «Мийрим-шәпәәт айлығы» мүнәсибети менен қайырқомлық илажлары өткерилди.

Президентимиздиң Өзбекстан халқына мүрәжатында атап өтилгениндей, барлық пуқаралар сыяқлы майыплығы болған жерлеслеримизге итибар ҳәм әмелий ғамқорлық көрсетиўге, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылмақта. Байрам мүнәсибети менен Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған ҳаяллар интернат үйинде қайырқомлық илажы өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары интернат үйинде жаратылған шараятлар ҳәм бул жердеги ҳаял-қызлар тәрепинен таярланған қол мийнети үлгилери менен танысты. Интернат үйинде емленип атырған ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлап, оларға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги