«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы тәрепинен имканияты шекленген ҳәм жәрдемге мүтәж шахслар, кем тәмийинленген шаңарақлар, жалғыз кекселерди социаллық қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Халықаралық майыплар күни ҳәм «Мийрим-шәпәәт айлығы» мүнәсибети менен гезектеги қайырқомлық илажы өткерилди. Елабад посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Бир топар оқыўшыларға заманагөй ноутбуклар саўға етилди.
Орынларда өткерилип атырған қайырқомлық илажлары Президентимиздиң Өзбекстан халқына мүрәжатында атап өтилгениндей, майыплығы болған шахсларды жәмийетимиздиң толық ағзасы деп сезиниў имканиятын бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги