Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков ҳәм министрликтиң бир қатар хызметкерлериниң қатнасыўында Нөкистеги 10-санлы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатында «Биз шебер Алланың гүлимиз» атамасында илаж өткерилди.
Меҳир, сақаўат инсанның көрки. Елимизде аўызбиршиликте жасап киятырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери меҳир-ақыбетти инсаныйлықтың ең жоқары пазыйлети сыпатында жоқары қәдирлейди.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги өз аталығына алған бул мектеп-интернаты 2001-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде 283 бала тәрбияланып келмекте. Олардың сапалы билим ҳәм тәрбия алыўы ушын мәкемеде 90 муғаллим ҳәм 70 тен аслам тәрбияшы жумыс ислейди.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-апрель күнги қарары менен көзи әззи ҳәм шала көретуғын балаларға арналған қәнигелестирилген мектеп-интернатлар Ишки ислер министрлигиниң аталығына берилди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы аға инспекторы Байрам Лепесов. –Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги қарамағындағы 10-санлы мектеп-интернатында ишки ислер хызметкерлериниң қатнасыўында ҳәр қыйлы ушырасыўлар өткерилиўи дәстүрге айланған.
Илажда Ишки ислер министрлигиниң «Арал жулдызлары» ансамбли ҳәм мектеп-интернаттың оқыўшыларынан ибарат «Үмит ушқынлары» ҳәўескерлер дөгереги тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги