8-Декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн алдынан

Нөкистеги республикалық «Бәркамал әўлад» мектебинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығына бағышланған таңлаў болып өтти.

«Балаларға бериң дүньяны!» атамасындағы таңлаўға республикамыздың  барлық қала ҳәм районларында жеңимпаз болған 30 ға шамалас оқыўшылар қатнасып, 2 бағдар бойынша беллести.

Яғный, қатнасыўшылар «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни»не ҳәм «20-ноябрь – Дүнья жүзилик балалар күни»не бағышлап сүўрет салды.

Таңлаў жуўмағына бола, биринши орынды Нөкис районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң ағзасы Малика Қудайбергенова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» балалар мектеби ағзасы Арыўхан Кеңесбаевалар жеңип алды. Олар Ташкент қаласында болып өтетуғын финальлық басқышқа қатнасады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги