Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бүгинги күни 805 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. Мине солардан екеўи имканияты шекленген оқыўшылар болғанлықтан олар үй шараятында билим алмақта.

«3-декабрь-халықаралық Майыпларды қорғаў күни» мүнәсибети менен мектеп басшы хызметкерлери ҳәм муғаллимлер үй шараятында билим алып атырған усы оқыўшылардың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

-7-класқа шекем мектепке өзим барып оқыйтуғын едим,-дейди мектептиң 10-класс оқыўшысы Қоблан Әбдрейимов.-7-класқа өткен соң аяғым аўырсынып, ақсаңлап үйге билдирмей жүре бердим. Бирақ, соңын ала өзим еркин жүриў мүмкиншилигинен айрылдым ҳәм емлеўханаға жаттым. Мине, соннан берли үй шарятында билим алып атырман. Оқыўларым ҳәзир жақсы. Муғаллимлерим күнде келип кесте бойынша сабағын өтип атыр. Бүгин байрам мүнәсибети менен мектеп директоры Жанар Алиеваның басшылығында бир топар муғаллимлер, класслас досларым келип, маған тазадан қысқы куртка, спорт формасы ҳәм азық-аўқатлық затлар саўға етилди. Соның менен бирге, олар тәрепинен  үйимизге мектептен заманагөй компьютер алып  келип орнатылды. Бул болса, мениң ҳәзирги заман информатика, инглис тили ҳәм басқа да пәнлер бойынша заманагөй билим алыўымда әҳмийетли орын тутады. Маған көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ушын мектеп директоры ҳәм басқа да устаз муғаллимлерге, класслас досларыма өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.

Алдағы ўақытлары өзиме жаратылған усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орынларына кирсем ҳәм елиме ҳадал хызмет ететуғын азамат болсам деймен.

Сондай-ақ, усы күни мектеп жәмәәти үй шараятында билим алып атырған 7-класс оқыўшысы Расул Айтмуратовтың да ҳал-жағдайынан хабар алып, оған да байрам саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы