Нөкистеги «Алпамыс» кафесинде «3-декабрь – Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен қайырқомлық илажы өткерилди.

Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өткерилген илажда 10 нан аслам көзи әззи ҳәм шала көретуғын инсанлар ушын дәстурхан жайылды. Сондай-ақ, қәўендер шөлкемлердиң саўғалары тарқатылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.





Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Асқаров, Қарақалпақстан Республикасы социаллық-медициналық хызметлерди раўажландырыў басқармасы баслығы А.Ерманов ҳәм басқалар сөзге шығып,  елимизде барлық тараўлар сыяқлы меҳир ҳәм итибарға мүтәж, майыплығы болған инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, быйыл басқарма тәрепинен сәне мүнәсибети менен 18 орында байрам илажы өткерилип, буның ушын 153 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған. Илажларда 520 ға шамалас майыплар арбасы, еситиў үскенелери, ҳаса, қолтық таяқ ҳәм басқа да ҳәрекет таяныш қураллары тарқатылды. Олардың дем алыўы ҳәм емлениўи ушын санатория ҳәм курортларға 72  жоллама, 139 жеңилликли ордер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги