Нөкис қаласында 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў елимизде мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары етип белгиленгенлигин атап өтти.

Соңғы жыллары елимизде майыплығы болған ҳәм имканияты шекленген инсанлардың мәплерин қорғаў, оларды жәмийетимиздиң толық ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Оларға айрықша итибар ҳәм ғамхорлық көрсетилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

Ең баслысы, майыплығы болған бирде-бир пуқара халқымыздың, мәмлекетимиздиң итибарынан шетте қалмай, өзиниң мийнети, қәбилети менен турмыста өз орнына ийе болып келмекте.

Президентимиздиң сәне мүнәсибети менен Өзбекстан халқына мүрәжатында, атап өтилгениндей, жәмийетимиздиң ажыралмас бир бөлеги болған майыплығы бар пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде кейинги жылларда елимизде бир қатар нызамлар және 25 тен аслам басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, беккем нызамшылық базасы жаратылды. Бул болса усы тайпа ўәкиллерине медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, қәнигели медициналық хызметлерден пайдаланыўы, өзиниң қәбилетин ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўы, жуўмақлап айтқанда, өзлерин жәмийетимиздиң толық ағзасы деп сезиўи ушын буннан былай да шараятлар жаратыў имканиятын бермекте.

Байрам илажында майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм бир қатар баҳалы саўғалар тапсырылды.



Илажда қатнасыўшылар толы дастурхан әтирапында бир-бири менен сәўбетлесип, мазмунлы дем алды. Олар ушын көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги