3-декабрь – Халықаралық майыплар күни

Миллети, социаллық, медициналық жағдайына қарамастан, ҳәммеге бирдей меҳир ҳәм ғамхорлық көрсетиў өзбек халқының миллий пазыйлетлериниң тийкарын қурайды. Кейинги жыллары халқымыздың бул пазыйлети  мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде өзгеше мазмун менен байыды.

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда бул мәселелер және бир мәрте өзиниң айқын көринисин тапты.

Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги бир қатар бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажға ҳәр қыйлы министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Өзбекстан халқына мүрәжатын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президент Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирды.










Мәмлекетимиз басшысының мүрәжатында атап өтилгениндей, кейинги жыллар даўамында инсан қәдирин ең тийкарғы қәдирият деп билиў, адамлардың дәртин тыңлаў, үйрениў, оларға өз ўақтында шешим табыў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды. Барлық министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимликлер жуўапкерлери тиккелей орынларға барып машқалаларды үйрениў, оларды таллаў, адамлардың дәртин тыңлаў мәселесин күн тәртибиниң тийкарғы мақсетине айландырды.

Бул бағдарда айрықша жәрдемге мүтәж, кеўили ярым ўатанласларымызды ойландырып атырған машқалаларды үйрениў, оларға жеделлик пенен, ақылға уғрас, өз ўақтында дурыс шешим табыў, турмыс шараятларын жақсылаў мәселелерине әмелий қатнаста болыўға қатаң итибар қаратылмақта. Майыплығы болған ўатанласларымыздың жәмийетке интеграцияласыўын тәмийинлеў, олар ушын зәрүр шараятларды жаратыў мәселеси қағазда емес, әмелде өз көринисин таппақта.

Елимизде халықты күшли қорғаў, майыплықтың алдын алыў, адамлардың саламатлығын қорғаўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлери белгили бир нормада жетилистирип барылмақта. Социаллық қорғаўдың ҳеш бир мәмлекетте болмаған системасы – «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» сыяқлы бийбаҳа социаллық жойбар әмелиятқа енгизилиўи машқалалар категориясын дурыс анықлаў, онда айрықша жәрдемге мүтәж пуқараларға анық, мақсетли, мәнзилли түрде жәрдем көрсетиўдиң жаңа дәўирин баслап берди.

Ҳәзирги күнде айрықша жәрдемге мүтәж пуқаралар ушын жумыс бериўшилер тәрепинен мийнет жәмәәтлеринде арнаўлы квоталар ислеп шығылыў менен бирге, билимлендириў системасының барлық буўынлары, денсаўлықты сақлаў тараўында олар ушын зәрүр имканиятлар, жеңилликлер менен шараятларды жаратыў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта. Инклюзив билимлендириўге байланыслы жаңа жойбарлар, бағдарламалар әмелиятқа кеңнен енгизилмекте.

Президентимиздиң жеке басламасы тийкарында мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы қәнигелестирилген мәкемелер, Сақаўат, Мүриўбет үйлери, емлеўханалар, медициналық-реабилитация орайлары, саламатландырыў орынлары түп-тийкарынан реконструкцияланбақта. Медициналық-реабилитацияға байланыслы алдыңғы инновациялық технологияларды енгизиў, майыплықтың белгилерин азайтыў, пуқараларды саламатландырыў бойынша жаңа методлар, технологиялар әмелиятқа кеңнен енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының сәне мүнәсибети менен жоллаған мүрәжаты айрықша жәрдемге мүтәж ўатанласларымызға меҳир ҳәм итибар көрсетиўдиң және де жаңа басқышларын, гезектеги әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип бергени менен үлкен әҳмийетке ийе. Бул мәселелер майыплықты белгилеўдиң гөнерген медициналық моделинен улыўма тән алынған социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиў, келешекте имаратлар менен объектлерди қурыў, реконструкциялаў, жәмийетлик транспорт, мәлимлеме ҳәм байланыс қуралларын ислеп шығарыўда майыплығы болған шахслардың олардан ҳеш бир иркинишсиз пайдалана алыўына баслы әҳмийет қаратыў сыяқлы кешиктирип болмайтуғын турмыслық мәселелер менен тығыз байланыслы.

Ҳәзирги ўақытта майыплығы бар шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайларындағы қамтыў көлемин еки есеге арттырыў, аймақлардағы онға шамалас мине усындай орайларды кеңейтип, заманагөй медициналық ҳәм реабилитациялық үскенелер менен тәмийинлеў жумысларының әмелге асырылатуғыны дыққатқа ылайық.

Илажда көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы