«Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен «денсаўлықты сақлаў тараўында жеке сектордың белсендилигин арттырыў ҳәм халықты арзан және сапалы дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўдеги машқалалар» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Оған Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги, «Дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медицина техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» МУК, «Раўажланыў стратегиясы» орайы және МКШ, жеке меншик медицина шөлкемлериниң ўәкиллери ҳәм тараўда кадрларды жетистириўге жуўапкер болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары қатнасты.
«Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков денсаўлықты сақлаў системасында сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызмет көрсетиў, тараўда жеке меншик сектордың белсендилигин арттырыў және халыққа арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар жеткерип бериў бағдарында әмелге асырылған реформаларға тоқтап өтеди.
– Ҳәрекетлер стартегиясы көлеминде денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылған реформалардың нәтийжесинде бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар 2017-жылғы 7,3 триллион сумнан 2021-жылға келип 24,7 триллион сумға шекем шыпакерлердиң орташа айлық мийнет ҳақысы 1131,2 мың сумнан 3282,7 мың сумға, мийирбийкелердиң айлығы 692,1 мың сумнан 2008,6 мың сумға, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар ушын бюджеттен ажыратылған қаржылар 4,5 есеге көбейтилди, – деди Э.Туляков. – Кейинги жылларда елимизде денсаўлықты сақлаўда жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген комплексли илажлар нәтийжесинде жеке меншик медицина шөлкемлериниң саны 4 000 нан 7 049 ға жетти. Олар тәрепинен көрсетилип атырған медицина хызметкерлердиң түрин кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Соның ишинде, ҳәзирги күнде жеке меншик медицина мәкемелерине 126 медицина қәнигелиги бойынша лицензия алыўына имканият жаратылды, бурынлары олар тек 50 түрдеги хызмет көрсетиў ҳуқықына ийе еди.
2021-жылдан жеке меншик медицина мәкемелерине трансплантология сыяқлы қыйын хирургиялық операция өткериў, «Мийирбийкелик иси» ҳәм «Мобиль медицина»ны шөлкемлестириў ушын да рухсат берилди.
Сондай-ақ, илажда қатнасыўшы экспертлер тәрепинен 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясында да тараўды раўажландырыў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде реформаларды системалы даўам еттириўге байланыслы бир қатар мақсетлер белгиленгени атап өтилди.
Соның ишинде, Раўажланыў стратегиясында медициналық хызметлердеги жеке меншик сектордың үлесин 25 проценке жеткериў, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржыларды 3 есеге арттырыў, дәри-дәрмақ ҳәм медицина қуралларын ислеп шығарыў үлесин 80 процентке жеткериў, халықты медициналық қамсызландырыў системасын кеңнен енгизиў, дәри қураллары баҳаларына әмел етилиўин онлайн бақлаўдың мәлимлеме системасын жаратыў сыяқлы мақсетлер белгиленген.
Усы жерде халықаралық тәжирийбеге нәзер салатуғын болса, көпшилик раўажланған мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў системасындағы табыслы жеке меншик медицина системасының раўажланыўы менен түсиндириледи. Себеби, бәсеки бар жерде хызмет көрсетиўдиң сапасы артып, тараўға алдыңғы сырт ел технологиялары енгизилип барылады.
Қалаберсе, жеке меншик сектор мәмлекеттиң медициналық хызметлер менен тәмийинлеў жүгиниң бир бөлегин өзине ала отырып, халқымыздың бул хызметлерден пайдаланыўына болған зәрүрликлерин қанаатландырыўға да хызмет етпекте.
Дөгерек сәўбети жуўмағында тараў қәнигелери ҳәм экспертлери тәрепинен халыққа сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бойынша белгиленген мақсетлерди әмелге асырыў және жүзеге келген тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.
ӨзА