Ташкент қаласындағы «Өзэкспоорай» Миллий көргизбелер комплексинде «Жипек жолында туризм» 27-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы өз жумысын баслады. Бул илаж дүньяның 30 мәмлекетинен 300 ден аслам тараў ўәкиллерин өзинде жәмлеген.

Бас министрдиң  орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министри Азиз Абдуҳкимов илажды ашып, бүгинги Өзбекстан пүткил дүнья дыққат орайында турғанлығы, 2023-жылы БМШ Жәҳән туризм шөлкеми Бас ассамблеясының 25-сессиясы Самарқандта болып өтетуғынын, бул илаж мыңнан аслам сырт ел мийманларын тартатуғынын атап өтти.

Атап өтилиўинше, «Жипек жолында туризм» 27-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында тараў қәнигелериниң қатнасыўында форум ҳәм сессиялар, шеберлик сабақлары, көргизбелер сондай-ақ, В2В ушырасыўларының шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Сондай-ақ, жергиликли ҳәм халықаралық майдандағы дизайнерлердиң қатнасыўында модалар көргизбелери де болып өтеди.

Ярмарка шеңберинде шөлкемлестирилген халықаралық көргизбеде Франция, Япония, Малайзия, Таиланд, Корея, Россия, Қазақстан, Беларусь, Әзербайжан ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң туризм администрациясы жәмәәтлери өз миллий стендлери менен қатнаспақта.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ярмарка 1995-жылдан берли ҳәр жылы БМШ Жәҳән туристлик шөлкеми (UNWTO) жәрдеминде өткерилип, бул көргизбе пүткил жер жүзинен туристлик тараўының жүзлеген қәнигелерин өзинде жәмлейди ҳәм халықаралық көлемде раўажланыўы ушын шараят жаратады.


Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы