«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында дүзилген пуқаралық қорғаў структуралары топарлары  ҳәм кеўилли өрт өшириўшилер дружиналары ағзалары арасында өрт өшириў әмелий спорты бойынша жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 19-сентябрьдеги «Халықты айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге ҳәм пуқаралық қорғаў тараўында таярлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген жарыста пуқаралық қорғаў структуралары топарлары ҳәм кеўилли өрт өшириўшилер дружиналары ағзаларынан ибарат 6 команда қатнасты.

Хызметкерлердиң өрт өшириў барысындағы билим және көнликпелерин беккемлеў мақсетинде өткерилген жарыстың ашылыў салтанатында кәрхана жанындағы 27-санлы Өрт-қутқарыў бөлими жеке қурамының көргизбели шығыўы көрсетилди. Буннан кейин қатнасыўшылар турникте тартылыў,  зәңгилердиң жәрдеминде оқыў минарасының үшинши қабатына шығыў, жүз берген өртлерди сапластырыў бойынша өз-ара беллести.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги